(Университет ҳәм педагогикалық институтлар ушын). — Нокис: Билим, 1995. — 316 бет.
XIX әсирдиң ақыры, ХХ әсирдиң басындағы қарақалпақ әдебияты классикалық әдебияттын даўамы сыпатында раўажланды. Бул дәўир әдебияты қарақалпақ әдебиятының белгили бир дәўири сыпатында езиниң раўажланыў нызамлықларына ийе болды. Қарақалпақ халқынын әсирлер даўамында сақлап киятырған уызеки дөретиўшилигинин, Күншығыс поэзиясы ҳәм XIX әсирдеги классикалық әдебияттың дәстүрлери бул дәўирде даўам тирилди.
XIX әсирдиң ақыры, ХХ әсирдиң басындағы қарақалпақ дебиятынын көрнекли ўәкиллери ретинде ҳәзирги заманда Анна- хул Мәмбетхожа улының (1841-1936-жж), Қулмурат Қурбаналы улының (1845—1926-жж), Қоразбек Разбек улыбың (1855-1915-ж). Бегжан Нурым улының (1855—1908-жж), Сыдық Тоқпан улының (1857-1917-жж), Әбдиқәдир Бекимбет улының (1860-1930 жж.), Хожанияз улының (1830-1946-жж), Қудайберген Жебеген улы- 1930-жж), Омар Сүйирбек улының (1879-1922-жж), Қазақбай жж), Мэўлик Бекмухаммед улының (1885—1950-жж), Сәпиӱра ның (1881-1965-жж), Жаңабай Қаратай улының (1890-1926), Жайылбек қызының (1892-1916-жж.) дөретиўшилери белгили олардың бирқанша шығармалары сақланып жеткен. Булардан басқа да, усы дәўирде өмир сүрген ҳәм дөретиўшилик пенен шуғылланған көркем сөз усталары сыпатында Хожанияз, Әўезмурат, Гүлхатийша, Сейдабулла, Мәмбетнияз, Кулымбет шайырлардын, Нурлыбай Ерман улының, Қыдырнияз бақсының атлары мәлим және де олардың гейпара дөретпелери белгили. XIX әсирдиң аяғы, ХХ әсирдиң басындағы қаракалпак эле- биятының изертлениўинде Нәжим Дәўқараев, Қаллы Айымбетов, ҳәм Наўрыз Жапақов киби илимпазлардың орны гиреўли.
Нәжим Дәўқараев өзиниң, «Қарақалпақ әдебияты тарийхының очерклери» атлы илимий-изертлеў жумысында (Шығармалары- нын толык жыйнағы, 3-том, Нөкис, Қарақалпақстан, 1979, 163 -198-бетлер (бул дәўир әдебиятына арнаўлы тоқтап өткен, дәўирдин сиясий, мәдений раўажланыўына дыққат аўдарған, Кулымбет, Аннақул, Омар, Мәўлик шайырлардың дөретиўшилик- лери ҳаққында пикир көрсеткен. Каллы Айымбетовтың, «Халық даналығы» атлы монографиялық мийнетинде (Нөкис. Қарақалпақстан, 1988, 492-бет) Қоразбек. Қазы Мәўлик, Мәмбетнияз, Қазақбай, Жаңабай Әўезмурат, Қулмурат, Хожанияз, Сәпиўра, Әбдиқәдир, Сыдык, Кулымбет шайырлар туўралы илимий мағлыўматлар топланған.